«Пашент таӯ»лы нағыз дийқан 

«Пашент таӯ»лы нағыз дийқан 

02.08.2024 10:43:15 95 Баспаға шығарыў

Ҳаял шаңарақ уйтқысы өмирдиң сынақларына үлкен шыдам менен жеңип келеди.Биз сөзимизди бийкарға ҳаял ҳаққында басламадық.
Пашент таўлы Аметова Алмагул апа нешше жыллардан берли дийқаншылық пенен шуғғыланады.Атызында бағында барлық жемислерди көриўиңизге болады.Кең пейил ақ көкирек нағыз аўыл ҳаялы жер менен сырласып меҳир менен барлық нәрсени атызынынан жетистиреди.Өмир жолдасы ҳәм ул-қызлары жәрдемлеседе негизи дийқан Алмагул апа.
Төрт перзенттиң анасы денсаўлығы дым жақсы болмасада үш қызын усы атыздан жетистирген өнимлерди сатып перзентлерин жоқары мағлыўматы болыўға ҳәрекет етти ҳәм оқытты.Қанша қыйналмасын тек мийнет етти ерте памидор егип алып базарға шығарып сатып оннан соң гешир капуста жетистиреди.Түске шекем базарда саўда ислесе келип және атызға кирип атыз отайды.Ҳәр күни ҳәрекеттен тоқтамайды.
Алмагул апа ҳеш турмысынан налымайды ким не қәлесе бәрине ерисиўге болады дейди сәўбет барысында.

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content