Бүгинги күнде «Майжап» аӯыл пуқаралар жыйыны аймағында 2500 ден асламы ҳаял- кызларды курайды. Елимизде әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар имканиятлар жаратылып усы тийкарда оларға исбилерменлик бағдары бойынша көплеген жеңилликлер берилген. Арзуова Мадина Оразбаевна усындай женилликлерден үнемли пайдаланып «Мадина Гулдана» ЖШЖ яғный аралас затлар дүканын ашып халыққа арзан ҳәм сапалы өним әкелип хызмет етип шаңарағы ушында қосымша дәрамат таӯып атырған исбилерменлердиң бири. Ҳаял-қызлардың бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеў жолында әмелге асырылып атырған жумыслар районымызда еле де даўам етеди.