Бүгинги күнде Шымбай районында 400 ден аслам фермер хожалықлары бар болып бәрше фермер хожалықлары атызда қызғын мийнет етпекте.
Жаз мәӯсиминде айрым фермер хожалықлары бәҳәрдеги ерте мийнетиниң жемисин көрип сап дәрамад табыӯға ериспекте.
Атап айтғанда «Тазғара» аӯыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Жүзбасы» фермер хожалығында ғарбызлары писип қоңсы Қазақстан Республикасына экспортқа шығарыӯға таярланбақта.
Районымызда жер менен жақсы сырлас дийқан фермерлеримиз оғада көп, олар тек ғана сабыр тәжирийбе ҳәм үлкен мийнет арқасында ғана нәтийжеге ериспекте.
Тез арада «Жүзбасы» фермер хожалығында ғарбызлары писип қоңсы Қазақстан Республикасына экспорты ҳаққында толығырақ мағыӯмат берип өтемиз.