Бәринен бурын сиз әзизлерди Халықлар дослығы күни мүнәсибети менен қызғын қутлықлайман.
Ҳүрметли Президентимиз басшылығында басланған реформалар негизинде миллетлер аралық татыўлық, кеңпейиллик ҳәм аўызбиршилик орталығын беккемлеў баслы ўазыйпа етип белгиленген ҳәм бул ўазыйпа әмелде өз көринисин таўып атыр.
Бугин мәмлекетимизде 130 дан аслам миллет ҳәм елат ўәкиллери жақын туўысқан болып жасап келмекте.
Бир шаңарақтың перзентлериндей тыныш-татыў ҳəм абадан турмыс кеширип атырған көп миллетли халқымыздың аўызбиршилиги – бул елимиздиң ҳəр тəреплеме раўажланыўын ҳəм келешегин белгилейтуғын оғада əҳмийетли факторлардан саналады.
Сонлықтан да миллетлер аралық татыўлық, өз-ара аўызбиршилик ҳəм дослық қатнасықларын көздиң қарашығындай қəстерлеп сақлаў – ҳəр биримиздиң Ўатан алдындағы перзентлик парызымыз болып табылады.
Қәдирли Ўатанласлар!
Сизлерди және бир мәрте бүгинги сәне мүнәсибети менен қутлықлап, шаңарағыңызға аманлық ҳәм татыўлық, аўызбиршилигимиз даўамлы, елимиз абадан, тынышлығымыз мәнги болыўын тилеп қаламыз.
Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы