Шымбай районында исбилерменликти раӯажландырыӯ ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыӯ ҳәм халықтың дәраматиларын асырыӯ бойынша ашық сәӯбет болып өтти
Шымбай районы ҳәкимлиги мәжилислер залында район ҳәкими А.Тажетдинов ҳәм сектор баслықлары тийисли тараӯ басшылары ҳәм журналист ҳәм блогерлердиң қатнасыӯында районда исбилерменликти раӯажландырыӯ ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыӯ ҳәм халықтың дәраматиларын асырыӯ бойынша ашық сәӯбет болып өтти.
Ашық сәӯбетте район ҳәкими А.Тажетдинов райондағы бүгинги күнде исбилерменлер ушын жаратылған шараятлар алдағы исленетуғын жумыслар ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеӯде еледе исбилерленти раӯажландырыӯ бойынша айтып өтти.
Мағлыӯмат орынында 2024-жылдың январь – июнь айларында исбилерменлик бойынша жаңа жумыс орынларының жаратыӯ ақыбертинде 612 пуқара жумыс бенен толық тәмийинлениӯге еристи.
Районда исбилерменлик субъекти болса 1570 қурайды.
Ашық сәӯбет журналистлердиң сораӯ – жуӯаплары менен қызғын даӯам етти.