Бүгин 22-ноябрь күни социаллық тармақларда тарқалған Шымбай районы Мамутов көшеси көп қабатлы турақ жайлардың турғынлары ишимлик суӯ ақпай турғанлығы ҳаққында мүрәжат етти.Бул бойынша тийисли қәнигелер менен орынға барып үйренгенимизде көше кранларыныӊ күн суўықлығынан тоӊлап ақпай қалғанлығы ҳәм қайнатылған суў қуйғанымызда бул көп ӯақыт өтпей кранлардың ақанлығының гүўасы болдық.Соны мәлим етип билдиремиз бул бойынша пуқаралар тәрепинен усы күнге шекем «Карақалпак суў тәмийнаты» ЖШЖ Шымбай районы бөлимине ҳеш қандай мүрәжат етпегенлиги анықланды.
Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети