Жынаятшылықтың алдын алыў бәршемиздиң ўазыйпамыз!

Жынаятшылықтың алдын алыў бәршемиздиң ўазыйпамыз!

06.07.2024 16:34:47 182 Баспаға шығарыў

Сергеклик дәӯир талабы жасырарлығы жоқ соңғы ӯақытлары елимдеги ӯақыялар әсиресе лаӯазымлы шахслар тәрепинен исленип атырған айрым унамсыз ис-ҳәрекетлер бул бәршемизге сабақ  болыӯы тийис.Кимдир билип қәтелессе кимдир билип турып сол  қәтеликке жол қояды.Усындай ис-ҳәрекетлердиң алдын алыӯ бойынша  район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында әҳмийетли илаж болып өтти.

Оған район ҳәкими А.Тажетдинов, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети районлық бөлимшеси баслығы  сондай-ақ сектор баслықлары ҳәм мәҳәллелердеги жуўапкер хызметкерлер, мектеп директорлары,райондағы тийисли мекеме баслықлары қатнасты.

Жыйналыс даўамында жынаятшылық асып кеткен мәҳәллелердеги жуўапкерлердиң алып барып атырган жумыслары сыңға алынып, жынаятшылықтың алдын алыў бойынша алдағы ўақытта әмелге асырылыўы лазым болған жумыслар бойынша тийисли тараў хызметкерлерине  тапсырмалар берип өтилди.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content