Оқыӯшылардың жоқары оқыӯ орынларына кириӯ бойынша Шымбай қәнийгелестирилген мектеби биринши орында

Оқыӯшылардың жоқары оқыӯ орынларына кириӯ бойынша Шымбай қәнийгелестирилген мектеби биринши орында

06.07.2024 16:21:46 294 Баспаға шығарыў

Шымбай қәнийгелестирилген мектеби 5-11 класслар арасында оқыўшыларға анық ҳәмде тәбий пәнлер бойынша сыпатлы тǝлим бериўди жолға қойған. 2022-2023-оқыў жылында мектептиң 11-классын жәми
32 оқыўшы питкерип шыққан болып, соннан 100% жоқары оқыў орнына кириў бахтына еристи.

Оқыўшыларымыз жоқары оқыў орынларына кириў көрсеткишлериниң орташа балы бойынша, мектебимиз Қарақалпақстан Республикасындағы қәнийгелестирилген ҳәм улыўма орта билим бериў мектеплер арасында жоқары орынды ийеледи.

Олардан Республикамыздың жоқарғы оқыў орынларына Анық пәнлер бағдары 20 оқыўшыдан 20 оқыўшы, табийий пәнлер бағдарынан
12 оқыўшыдан 12 оқыўшы, яғный 100 % жоқары оқыў орынларың студенти болыў бахтына мияссар болды.

Бул кѳрсеткишге ерисиўде мектепте оқыў-тәрбия ислериниң дурыс жолға қойылыўы, жәмәәттеги ѳз-ара ҳурмет, татыўлық, ѳз кәсибине садықлық пенен бир қатарда пидайы оқытыўшылар математика пәни жетекши оқытыўшысы М.Генжебаева, А. Нурлыбаева тарийх пәни жетекши оқытыўшысы Б.Узақов, М. Сейтбаев химия пәни оқытыўшылары
Г. Бекмуратова, М.Жумамбетова, Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшылары З.ϴтениязова, Ю. Худайбергенова инглис тили пәни оқытыўшысы Т.Утениязова ҳәм Ш.Еримбетованың мийнети улкен.

Жасларға билим сырларын үйретиўде мектепте 26 жоқары категориялы оқытыўшылар сабақларды сыпатлы ҳǝм заманагөй усылда өтип келмекте. Ҳәр бир метод бирлеспелер мультимедия ускенелери, проектор, ноутбук ҳǝм электрон доскалар менен тǝмийинленген.

Оқыў орнында химия, биология, физика лабораториялары, компьютер, лингафон ханалары турақлы ислеп тур. Оқыўшылардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўде пǝн ҳǝм спорт дөгереклериниң жумыслары туўры жолға қойылған. Оқыўшылардың спортқа болған қызығыўшылығын асырыўда олардың ден-саўлығын беккемлеў ушын спорт пенен турақлы шуғылландырыў мақсетинде спорт зал, ашық теннис корды ҳǝм жаңадан салынған киши футбол майданшасы турақлы ислеп тур.

2024-2025-оқыў жылында жәми питкериўшилер саны 34 оқыўшы болып бугинги кунде олардың жоқары окыў орынларына тапсырыў ҳәм тест сынақларына таярлық жумыслары даўам етпекте. Быйылғы жылдан гөзленген мақсет өткен оқыў жылындағы нәтийжелерди еле де жетилистириў ҳәм питкериўши оқыўшылардың абырайлы мәмлекетлик ҳәм шет елдеги жоқары окыў орынларына кириў көрсеткишлерин асырыўдан ибарат. Ҳәзирги ўақытта питкериўшилеримиз арасынан Утешова Толғанай Венгрия мәмлекетлик университетиниң медицина факултетине 100% грант жеңип алып студент болыў бахтына еристи.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content