Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районы аймағындағы ҳәким жәрдемшилери усыныслары менен 58 ҳаял-қызлар ҳәм жасларға субсидия тийкарында тигиў машиналары, нан писириў печкалары, сондай-ақ, мотокультиваторлар тапсырды.
Жоқарғы Кеңес Баслығы пуқаралар менен сәўбетте өз үстинде ислеўди, өзин-өзи бәнт етиўди қәлеўши ҳәр бир пуқара ушын, әлбетте, жардем берилетуғынлығын, мәмлекетимиз тәрепинен берилип атырған имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў кереклигин атап өтти.