Шымбай районы «Қызыл-ɵзек» аŷыл пуқаралар жыйыны аймағындағы, фермер хожалылықлары бийдай жетистириŷде тәжирийбели хожалықлар есапланады.Ҳәр жылы бийдайдан мол ɵним жетистирип келмекте. Быйылғы жылы да бул аймақ фермерлери белсендилик көрсетип киятыр.Район бойынша жәми бүгинги күн жағдайына көре 60 фермер хожалықлары бийдай тапсырып мәмлекетлик шәртнаманы артығы менен орынлады. Солардың ишинде 25 Қызыл – өзек фермер хожалықлары есапланады.