Өмирге қайтарған гүллер

Өмирге қайтарған гүллер

21.06.2024 19:07:56 168 Баспаға шығарыў

Бүгинги күнде районымыздағы нураныйлер турмысы ҳаққында материалларды нәзериңизге усынып бармақтамыз.Себеби ҳәр үйдиң периштеси аталар – апаларда еситпеген ҳикметли сөзлеримиз көп. Ҳәр сапары ҳәр бир нураныйдың турмыс тәжирийбеси өзгеше бир тарийх ҳәм сабақ. Ал бүгинги қаҳарманымыз «Жипек-жолы» мәҳәллесинде жасаӯшы Тазагүл апа  Сапарбаева  жетпис алты жаста аймақтағы үлгили  нураный апа, бес перзентти камалға келтирип өмирлик жолдасы қайтыс болған соң шаңарақтағы барлық қыйыншылықты өзи жеңген ҳаял. Банк тараӯында жемисли мийнет етип ҳәзирги ӯаққыта ҳүрметли мийнет дем алысында.

Тазагүл апа өмир мазмунын жақсы биледи өтип баратырған ҳәр бир минуттлардан үнемли пайдаланады ал қызыӯшылығы болса  гүл өсириӯ биз үйинде 44 жаслы роза гүлин көрип усы ӯаққытқа шекем өсирип киятырғанына ҳайран қалдық. Шынында да гүлдиң жасы 44 екен. Тереклердиң жасын еситкенбиз бирақ өзим гүллерди бунша жасағанын бириши рет еситим.Усы гүллерге қарап гүлге меҳир берип бәрине теңдей итибар береди. Ең тийкарғысы болса бир нешше жыл алдын Тазагүл апа наӯқасланып қалады емлеӯханадан келип үйине келсе  барлық гүллерин солып қалғанын көреди қатты қайғырады. Ертесине диңкеси болмасда усы гүллерге қарап суӯ қуйяды олар менен өзинше сырласады тап гүллер сезгендей еситкендей Тазагүл апаны қуӯанытайын деп жап -жасыл болады айрымлары ғумшалары гүллерин ашады.Усы гүллери менен шалғып апа тәӯир болып баслады. Өмирге үмит берген гүллерде өзгеше сыр бар екенин апа сезеди. Тәбият бир сырлы әлем усы сырды аңлаған инсанлардың бири Тазагүл апа .

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content