Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 22 – февраль күнги «Улыўма орта билимлендириў мәкемелери ҳәм академиялық лицейлер питкериўшилерин хошаметлеўди және де жеделлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы 154-санлы қарарына тийкар, Шымбай районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплериниң қәбилетли питкериўшилерине алтын ҳәм гүмис медаллары салтанатлы түрде тапсырылды.
Шымбай районында оқыӯ жылын 21 мектеп оқыӯшысы гүмис ҳәм 72 оқыӯшы алтын медал менен жуўмақлады
Мағлыӯмат ушын, 2023-2024-оқыӯ жылында Шымбай районы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириӯ бөлимине қараслы 48 улыӯма билим бериӯ мектеплери бар болып, усы мектеплерде 19 мың 798 оқыӯшы билим алып келмекте.
Оқыӯ жылында улыӯма билим бериӯ мектеплерин 3 мың 160 оқыӯшы жуўмақлады. Бүгин 20-июнь күни Шымбай районы ҳәкимлиги мәжилислер залында мектеп питкериўшилерине, соннан, 1 мың 890 оқыӯшыға 9-класты ҳәм де 1 мың 270 оқыӯшыға 11-класты питкергенлиги туӯрысында гүӯалықларын тапсырыў илажлары өткерилди.