Өзбекстан Республикасы Президенти 2023-жыл 11-сентябрь күни Бирлескен Миллетлер Шөлкеми 78-сессиясында шығып сойледи.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев өзиниң баянатында бирлик ҳәм әмелий бирге ислесиўди, улыўма мәплерди қарама қарсылықлардың жоқары қойған ҳалда мәмлекетлерди және де жақынластырыў зәрүрлигин айтып өтти.
– Биз өткен жылы улыўма қәўипсизлик ҳәм раўажланыўға қаратылған Самарқанд бирлик басламасын билдирдик, тийкарғы мақсетимиз мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыздың бүгинги күни ҳәм келешеги ушын жуўапкерликти ҳәр тәреплеме терең аңлаў, ашық ҳәм конструктив искерликке таяр барлық тәреплерди глобал байланысқа шақырыўдан ибәрат – деди Өзбекстан жетекшиси.
Сондай-ақ, Президентимиз Бирлескен Миллетлер Шөлкеми бас Секретары басламасы менен келеси жылда Келекшек саммити өткерилиўи халықаралық ҳәм аймақлық раўажланыўдың актуал машқалаларын шешиўге, Шөлкемниң тәсири ҳәм нәтийжелилигин асырыўға хызмет қылыўына исеним билдирди.
Мәмлекет басшысы кейинги жылларда Өзбекстанда әмелге асырылып атырған ҳәм артқа қайтпас дәрежедеги кең көлемли реформаларға тоқталып, глобал ҳәм аймақлық күн тәртибиндеги ең актуал мәселелер шешимине қаратылған басламаларды билдирди.
Елемизде алып барылып атырған Конституциялық реформалар келешекте белгилеп бериўшы ең баслы жөнелислеримизден болып атыр. Себеби, Конституциямызда инсан ҳуқықларының ең жоқары орынға қойылғаны, мәмлекеттиң ўазыйпасы инсан ҳуқықларын тәмийнлеў, оны қорғаў етип белгиленгени қабыл етилген нызамларымыз ҳәм әмелге асырылып атырған ислерде өзиниң сәўлесин тапқан десек алжаспаймыз.
Себеби, мәмлекетимизде алып барылған халықтың турмыс дәрежесин жақсылаўға қаратылған сиясат нәтийжесинде мәмлекетимизде 2017-жылдан берли камбағаллық еки есеге кемейды. 2030-жылға шекем оны 7 пайызға түсириў режелестирилген.
Биз Бирлескен Миллетлер Шөлкеми бас Секретары тәрепинен алдыға сурылген «Ис орынларын жаратыў ҳәм социаллық қорғаў глобал
акселератори” бойынша басламаны қоллап-қуўатлаймыз. Усы баслама тәжрийбе алмасыў ушын 2024-жылы Бирлескен Миллетлер Шөлкеми басшылығында “Социаллық қорғаў: турақлы раўажланыўға жол» пүткил дүнья конференциясын мәмлекетимизде өткерилиўин үсынаман» деди Өзбекстан басшысы.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президенти шығып сойлеўинде жыйналыс қатнасыўшыларының итибары мәмлекетимизде инсан ҳуқықларын қорғаў, мәжбүрий мийнет ҳәм балалар мийнетине толық шек қойыў бойынша ерисилген нәтийжелерге итибар қаратылды.
Откен әсир даўамында Өзбекстанда миллионлап инсанлар пахта теримине мәжбүрий қатнастырылып, ҳәр жылы жаз, гүз мәўсиминде оқыўшылар, оқытыўшылар студентлер, жумысшылар ҳәм барлық мекемелер хызметкерлери пахтаға жиберилип, нәтийжеде Өзбекстан пахтасына байкот жәрияланды, беккем ирада ҳәм мәмлекетимиздеги инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша алып барылған сиясат нәтийжесинде халықымыз «пахта қуллығыннан» ҳәм мәжбүрий мийнеттен азат етилди.
Президентимиз айтқанындай, инсан капиталын раўажландырыў ҳәм креатив жас аўладты тәрбиялаў – Өзбекстан өз алдына қойған стратегик ўәзыйпалардың бири болып есапланады.
Атап өтилгенлердиң ҳәммеси мәмлекетимизде инсан қәдирин асырыў, пуқаралардың ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеўге қаратылған иләжлер болып есапланады.
Қарақалпақстан Республикасы
Ҳәкимшилик суды судьясы Р.Худайберганова