Ҳәким_ҳәм_депутат_қабыллаўы

Ҳәким_ҳәм_депутат_қабыллаўы

11.06.2024 17:20:17 123 Баспаға шығарыў

Бүгин Шымбай районында «Ҳәким ҳәм депутат қабыллаўы» болып өтти. Қабыллаўға районы ҳәкими А.Тажетдинов хәм де Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутатлары қатнасып, аймақтың инфраструктурасын жетилистириў,   пуқаралардың турмыс шараятларын еле де жақсылаў, мәҳәллени социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, аймақтағы машқалаларды нәтийжели шешиў ҳам де мәҳәлле турғынларының мүрәжатларын қабыллады. Онда пуқаралар жол қурылысы, үй-жай оңлаў ушын кредитлер алыў, бәнтлик ҳәм басқа да мәселелер бойынша мүрәжатларын билдирди.

Пуқаралар тәрепинен  жәми : 74 мүрәжат келип түскен болып, соннан 37 мүрәжаттың сол орынның өзинде унамлы шешим тапқан болса, мүддет талап етилетуғын мәселелер қадағалаўға алынып депутатлық сораўнамалар тийисли мекеме ҳәм шөлкемлерге жиберилди. Сондай-ақ, мәҳәлле турғынларының машқалалары шешими бойынша ҳуқықый түсиниклер берилди.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content