Бийдай орымы алдынан көргизбели семинар болып өтти

Бийдай орымы алдынан көргизбели семинар болып өтти

10.06.2024 09:12:17 113 Баспаға шығарыў

Бүгин Әмиўдәрья районында быйылғы жылғы бийдай орымына бағышланған көргизбели семинар болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, мол зүрәәт жетистириўде алып барылып атырған әмелий илажлары ушын өз миннетдаршылығын ҳәм бийдайдан бийик қырман жаратылыўына тилеклеслик билдирди.

Онда Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, барлық район ҳәкимлери, тараў жуўапкерлери қатнасты.

Илаж алдынан жасы үлкенлер тәрепинен дийқанларымыздың алдында турған машақатлы ҳәм жуўапкерли ислеринде күш-қуўат, елимизде молшылық, дастурханымыз толы болыўын тилеп, қуран оқылды.

Семинарда даўам ететуғын орым-жыйын мапазында әмелге асырылатуғын жумыслар кеңнен түсиндирилди.

Атап өтиў орынлы, быйылғы жыл дийқан ҳәм фермерлеримиз ушын “Ғәлле жылы” болды, десек қәтелеспеймиз. Себеби, көп жыллық тәжирийбеден белгили – бәҳәр айларында жаўын-шашын муғдарының көп болыўы ҳәмде ғәлле өсип раўажланыўы ушын ҳаўа-райының оптимал келиўи – зүрәәттиң мол болыўына унамлы тәсир көрсетеди.

Быйылғы жыл зүрәәти ушын 63 мың гектарға егилген ғәлле майданларынан гектарына 30 центнер есабынан 189 мың тонна дән қабыллаў режелестирилмекте.
Жетистирилген бийдайды қысқа мүддетлерде шөлкемлескенлик пенен орып-жыйнап алыў бойынша талап етилетуғын қаржылардың есап-китаплары ислеп шығылған.

Орым-жыйым жумысларын шөлкемлескенлик пенен өткериў мақсетинде 202 отряд дүзилип, бул отрядларға 202 дана дән орыў Комбайнлары, 606 дана  дән тасыў Автомобиллери, 1 376 дана Транспорт тракторлары ҳәм тиркемелер, 105 дана жанылғы тасыў агрегатлары, 689 жуўапкер тараў қәнигелери бириктирилди. Жанылғы май материаллары резерви жаратылды.

Семинар жуўмағында бийдай орымы дәўиринде өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етиў, өнимниң зая болыўына жол қоймаў бойынша фермер хожалықларының басшыларына, ғәллекеш ҳәм механизаторларға кең түрде түсиник берилди.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content