Бирлескен Миллетер Азық-аӯқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) ҳәм Дүня жүзлик денсаўлықты сақлаў шөлкеми тәрепинен 7-июнь күнин «Дүня жүзлик азық-аўқат өними қәўипсизлиги күни» деп дағазаланған.
Ҳәр жылы дүня жүзинде қәўипли азық-аўқат өнимлерин қабыллаў нәтийжесинде 600 милионға жақын адамлар жәбирленип, 420мың киси набыт болады ҳәм ашынарлысы олардан 125мың кисини 5 жасқа шекемги балалар қурамақта.
Ал Озбекстан Республикасы көлеминде 2024-жыл басынан 23 жағдайда аӯқаттан зәҳәрлениӯ ушырасып жәми 223 киси жәбирленген соннан 1 киси набыт болған. Жәбирленгенлердиң 49 кисини балалар қурайды.
Республикамыз көлеминде бундай жағдайлардың келип шығыӯына сыпатсыз азық-аӯқат өнимлерин ҳәм консерва банка өнимлерин қабыллаӯ себеп болмақта. Жоқарыдағы ҳалатлардың басым көпшилигинде шаңарақлық мәресимлерде тойхана ресторанларда сыпаты бузылған салат ҳәм аӯқатлық өнимлер аӯқаттан зәҳәрлениӯ ҳалатларына алып келмекте
Сол себепли бүгинги күнде азық-аўқат өнимлери қәўипсизлиги- әхмийетли машқала болып қалмақта.
Шаңарағымызда азық-аўқатлардың қаўипсизлигин қалай тәмийнлеймиз?
- Тазалықты сақлаң.
- Шийки ҳәм таяр өнимлерди бир биринен ажыратқан халда сақлаң.
- Өнимлерди ыссылық пенен толық ислеў бериң.
- Азық-аўқат өнимлерин қәўыпсиз температура орталығында сақлаң.
- Аўкатлық өнимлерин таярлаў ушын таза ишимлик суўынан пайдаланың.
- Таза ыдыслар ҳәм асхана әнжамларынан пайдаланың.