Шымбай районындағы «Қамыс арық» аӯыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 45-санлы улыӯма орта билим бериӯ мектебинде салтанатлы илаж даӯам етип, оған усы аймақтағы жасы үлкенлер кең жәмийетшилик қанасты.Республикамыздан келген мийманар жыйналғанларға өзлериниң концерт бағдарламасын қойып берди.Бүгинги илажға район ҳәкими А.Тажетдинов қатнасып келген мийманларға өзиниң миннетдаршылығын билдирип,алдағы ӯақытлары жумысларына тасқын табыслар тиледи.Келген мийманларға «Миннетдаршылық» ҳәм баҳалы саӯғаларын тапсырды. Он күн даӯамында өткерилген илажлардың гөзленген тийкарғы мақсети халықтың кеӯил-кейпиятын көтериӯ азғана болсада район турғынларына қуӯаныш инам етиӯ болып табылады.