Өмирде жасаӯдан мақсет – инсанда қызығыӯшылық болыӯы керек. Усы қызығыӯшылық арқасында изленемиз ҳәм ҳәрекет етемиз.
Усындай өмирге талпынып, заӯықланып, жасайтуғын заманласымыз ҳаққында сөз етемиз.
Районымызда «Тазғара» аӯыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаӯшы бағман ҳәм дийқан Ахмет аға Сметов алпыс бес жаста.
Бирақ оның жаслық жигериндеги күш-ғайраты қайтпаған, себеби, ол, ҳәр күни атызында. Бағында тыным билмей жумыс ислейди. Үй алдында қатарластырып, егилген тереклер бир тегис егилгенлигин көрип ҳайран қаласаң, ал, жазда бағына барсаң, барлық мийӯеллердиң түрин көрип үзип алыӯға да қысынасаң, себеби, сүӯреттегидей болып, бәршеси қараған көздиң жаӯын алады.
Ал, бүгинги күнде болса, ерте бәҳәрден жерге қарап жумысларды баслап жиберген Ахмет аға Сметов «үлгили қыйтақ жер ийеси бағман атанып» бәршеге өзиниң кеңеслерин берип жалықпастан түсиндирмекте.
Қоллары мийнеттен қабарған Ахмет бағман атамызға мийнетиңиз жемисин көриң деймиз.