Пуқаралар ипотека кредитлери арқалы үй-жай менен тәмийинленеди

Пуқаралар ипотека кредитлери арқалы үй-жай менен тәмийинленеди

30.05.2024 16:21:27 233 Баспаға шығарыў

2024-жылда ипотека кредитлерин ажыратыў механизмлерин жетилистириў ҳәм халықтың үй-жай шараятларын жақсылаўға тийисли қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы Президент Пәрманы (ПП-70-санлы, 30.04.2024-ж.) қабыл етилди.

✔️Пәрманға муўапық, базар өлшемлерине тийкарланған ипотека кредитлери арқалы пуқараларды үй-жай менен тәмийинлеў бағдарламасы (Бағдарлама) шеңберинде, төмендегилер әмелге асырылады:

????Аймақларда 100 мың квартирадан ибарат болған көп қабатлы үй-жайлар қурылады;

????Қурылыс мәкемелерине базар өлшемлери тийкарында ажыратылған кредитлер бойынша компенсация ҳәм кепилликлер усынылады;

????Көп қабатлы үй-жайлар қурыў процеслерине «жасыл» үй-жай стандартлары енгизиледи;

????ипотека кредитлерин қаржыландырыўға кеминде 17 триллион сум қаржы бағдарланады;

????кәмбағаллықтан шығарыў бағдарламасына киргизилген ҳәм үй-жай шараятын жақсылаўға мүтәж болған шахсларға жеке тәртиптеги үй-жайлар қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаў ушын 120 миллион сумға шекем ипотека кредитлери ажыратылады;

????банклердиң өз қаржылары есабынан ажыратылған ипотека кредитлерин Экономика ҳәм қаржы министрлиги тәрепинен қайта қаржыландырыў механизмлеринен кең пайдаланылады.

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content