Судлар тәрепинен салық нызамшылығының қолланылыўы

Судлар тәрепинен салық нызамшылығының қолланылыўы

30.05.2024 16:15:11 106 Баспаға шығарыў

 

Бәршемизге белгили болғандай “Өзбекстан Республикасы салық кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киритиў хаққында”ғы Өзбекстан Республикасының ӨРК-599 санлы Нызамы менен Салық кодекисиниң жаңа редакциясы тастыйқланғанғы.

Усы мүнәсебет пенен әмелиятта судлар ҳәм салық мекемелери ортасында салық нызамшылығын қоллаў барысында ҳәр түрли машқала ҳәм түсиниклер пайда болған.

Салық пенен байланыслы даўларды көриўде судлар тәрепинен нызамшылық хүжжетлерин туўры ҳәм бирде қолланылыўын тәмийнлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Жоқары суды Пленум тәрепинен
2023 жыл 20 февраль айында “Судлар тәрепинен салық нызамшылығын қоллаўдың айрым мәселери хаққында”ғы Пленум қарары қабыл етилди.

Бул Пленум қарарында берилген керекли түсиндирмелерге тоқтап өтетуғын болсақ, Салық кодекисиниң 110-статьясына тийкар есапланған ҳәм белгиленген мүддете төлебеген пеня ҳәм Салық кодекисиниң 55-статьясына тийкар салық қарызы екенлиги айтып өтилген. Сол себепли есапланған пенядан салық төлеўшини азат етиўге яки пеня муғдарын кемейтиўге жол қойылмайды, нызамшылықта нәзерде тутылған басқа жағдайлардан тысқары.

Салық даўларының судқа тийислилиги мәселесин туўры таңлаў жүдә аҳмийетли процесс есапланады. Усы жағдай бойынша Пленум қарарының
10 бәндине тийкар түсиндириў берилген болып, оған көре салық қарыздарлығын өндириў, салық төлеўшилердиң бюджеттен пул суммаларын қайтарыў, өндириў сөзсиз тәртипте (ацептсиз) әмелге асырылатуғын орынлаў хүжжети жүзесинен даўлар, ҳуқықый тәсир шараларын қоллаў хаққындағы ислер экономикалық судлар ҳәм пуқаралық ислер бойынша судлардың судлаўына, салық органлары қарарлары ҳәм олардың лаўазымлы шахслардың ҳәрекети (ҳәрекетсизлиги), салық органы тәрепинен салық төлеўшиниң консолидацияланған группасын шөлкемлестириў хаққындағы шәртнаманы дизимнен өткизиўди бас тартыў үстинен арза хәкимшилик судының судлаўына тийисли, буннан салық төлеўшиниң салыққа  байланыслы нызам бузыўшылық садир еткенлиги ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў бойынша қабыл етилген қарарлары буннан тысқары.

Сондай-ақ салық кодекисирниң 14 статьясына тийкар салық органлары салық салыў мақсетинде барлық питимлер ҳәм салық төлеўши кирисетуғын басқа экономикалық қатнасықлар, олардың юридик тәрептен рәсмийлестирилиўи усылынан яки шәртнаманың аталыўынан қаттий нәзер, өзиниң ҳақыйқый экономикалық мазмунынан келип шыққан жағдайда есапқа алыў ўәкиллигине ийе. Бунда қосыша салық есапланыўы нәтийжесинде пайда болған салық қарызы салық органларының салық тексериўи бойынша хуқықты өз мәпинде пайдаланыўы, питим қәлбекилигиниң (көзбоямашылық пенен дүзилгенлиги) жағдайларын анықлаў, сондай-ақ олардың ақыбетин қоллаўға тийкарланған ҳәм оған салық төлеўши қарсы тағдирде салық органы пайда болған салық қарызын өндириў хаққында даўа арза менен пуқаралық ислери бойынша судына яки экономикалық судқа мўрәжаат қылыўы лазым

Буннан тысқары, Пленум қарарының 17 ҳәм 18 бәнтлерине тийкар, салық органының, лаўазымлы шахсларының қарарлары, ҳәрекетлери(ҳәрекетсизлиги) үстинен шағым келтириў ҳаққындағы ислер МСИЮтКның 23 бабында көрсетилген тәртипте көрип шығылады.

Салық органының көшпели салық тексериўи ҳәм салық аудити нәтийжелери бойынша қабыл қылынған қарары үстинен берилген шағым жоқары турыўшы салық органы тәрепинен нызамда белгиленген мүддете көрип шығылмағанлығы, салық төлеўшиниң белгиленген мүддет өткеннен кейин салық органының қарары судқа шағым келтириў хуқықынан айырмайды.

Салық төлеўши судқа жоқары турыўшы салық органы лаўазымлы шахсының арзасы мүддетинде көрип шығылмағанлығында сәўлеленген ҳәрекетсизлиги үстинен ҳәм арза менен мүрәжаат етиў мүмкин.

Жуўмақлап айтқанда судлар ҳәм салық мекемелери тәрепинен салық нызамшылығының анық ҳәм бирдей қолланыўы келешекте салық төлеўшиниң өз ўақтында  әмелге асырылыӯына  хызмет қылады.

 

 

 

Шымбай районлар аралық

экономикалық суды судьясы                                          Н.Балтабаева

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content