Үлкемизге жаз мәӯсимиде кирип келди.Атызларда жемислер писип баслады, қуяш нурын шашып тәбият өзгеше гөззаллыққа бөленди.Усындай ӯақытлары қаладан бираз жырақласып аӯылларға барсаң тәбият инәм еткен әжайып көнинислерди көриӯге болады.Бизде таң сәҳәрдан Шымбай районынан бираз қашықлықта жайласқан «Таза жол» аӯыл пуқарлар жыйынына барыӯды режелестирдик. Бүгинги күнде күнниң темасы үй қапталындағы қыйтақ жеринен үнемли пайдаланып киятырған дийқанлар ҳәм бағманлар турмысынан арнаӯлы репортаж таярлаӯ ушын журналлистлер жолға шықтық.
Сапар даӯамында Таза жолда нағыз дийқанлар ҳәм бағманлар турмысы менен таныстық.Дәслеп Қалбийке Қалмуратованың үйиниң қасындағы атызда қулыпнай терип жүрген қызын ҳәм карточка писип қуӯанып атырған Қалбийке апаны ушыратық. Бәҳәрден баслап Шымбай базарын қулыпнай менен тәмийнлеп турған Қәлбийке апа усы мәӯсимде қулыпнайдан сап 3 млн дәрамат табыӯға ерискенин айтып өтти.Ал енди қыяр карточкалары писип баслап оларды да сатып шаңарағына қосымша дәрамат киритпекши. Енди балықшылықты да өмирлик жолдасым қызығыӯшылы менен шуғғыланып көриӯди мақсет етип балық бағыӯды жолға қоймақшымыз дейди – сәӯбет барысында Қалбийке апа.
Ҳақыйқатында да мийнет етсең ҳәм ықлас пенен жерге қарасаң жемисин көриӯиң анық тек ғана барлық нәрсеге қызығыӯшылық себеп болады. Таза жолда дийқанлар оғада көп биз сизлерге таныстырып барыӯды елдеде даӯам етемиз.