Соңғы жыллары елимизде халықаралық байланысларды беккемлеў, саўда-экономика, инвестиция, гуманитар тараўлар ҳәм басқа да бағдарларда бирге ислесиўлерди жолға қойыў ҳәм кеңейтиў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.
Бул бағдарда ең ири бирге ислесиўши мәмлекетлердиң бири Россия Федерациясы менен Өзбекстан Республикасы арасында жақын шериклик мүнәсибетлерин беккемлеў бойынша бир қатар жөнелислерде бирге ислесиўлер жолға қойылған.