2024-жыл даўамында район аймағында Агросаноат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы Шымбай район бөлими ҳәм Шымбай районы Ишки ислер бөлими мемен турақлы түрде рейд илажлерин өткериў белгиленген.
Рейд илажлары даўамында районда юридикалық ҳәм физикалық шахсларға тийисли болған аўыл хожалығы, мелиорация ҳәм жол-қурылыс техникалары белгиленген тәртипте рәсмийлестирилместен, техникалық паспортсыз ҳәмде техникалық көриктен өтпестен пайдаланылып атырғанлығы анықланган жағдайда Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң тийисли статьяларына тийкар жуўапкершиликке тартылыўына себеп болады.
Сол себепли, аўыл хожалығы, мелиорация ҳәм жол-қурылыс техникалары белгиленген тәртипте рәсмийлестирилиўин, ески үлгидеги техникалық паспорт, техникалық гүўалық, мәмлекет номер белгиси ҳәм трактор-машинист гүўалығын өз ўақтында алмастырылыўын сораймыз.
Агросаноат комплекси үстинен қадағалаў
инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы
Шымбай район бөлими баслығы К.Сапарниязов.