Район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасы прокуроры басламасы менен төрт сектор баслықлары қатнасыӯында әҳмийетли илаж болып өтти. Илажға район белсендилери қатнасты. Мәжилисти район ҳәкими А.Тажетдинов басқарып барды.
Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Қарақалпақстан бөлими баслығы Т.Атамуратов, Өзбекстан мәмлекетлик көркем-өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы доценти Қ.Юсупов, Жазыўшылар аўқамы ағзасы Ж.Өтениязовлар қатнасып жыйналғанлар менен сәӯбет өткерди.
Илаж даўамында үгит-нәсиятшылар тәрепинен жәмийетте социаллық руўхый орталықтыӊ турақлылығын тәмийинлеў, миллетлерара татыўлықты беккемлеў ҳәмде елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети ҳаққында кең түрде түсиниклер берилди.