Олий Мажлис Нызамшылық палатасында “Миллий тикланиш” демократиялық партиясы фракциясының гезектеги мәжилисинде Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкил(омбудсман)диң 2023-жылдағы жумысы кең түрде талқыланды.
Омбудсман Феруза Эшматованың мәлим етиўинше, есабат жылында Омбудсманға 18622 мүрәжат келип түскен. 2022-жылда бул көрсеткиш 17761 ди қураған еди. Мүрәжатлар аймақлар кесиминде анализ етилгенде, ең кем мүрәжатлар Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Сырдәрья ўалаятына туўра келген.