Мине, үлкемизге де санаўлы күнлерден кейин пасыллар келиншеги болған бәҳәр мәўсими кирип келеди. Бәҳәр келиўи менен ҳәмме жер көк липасқа бөленип, ҳәр қыйлы реңли гүллер ашылады.
Гүл инсанның кеўил-кейпиятын көтеретуғын тәбият инәми, гөззаллық тымсалы есапланады. Соның менен бирге ол тәбияттың иләҳий ҳәм тәкирарланбас дереги. Ол ҳәр қандай инсанға да қуўаныш бағышлайды.
Жақында бизиң районымыздан да усындай жеке исбилермен Азима Элбрусоваға тийисли «Liliya gulleri» атлы гүл дүканы ашылып, халқымыздың қуўанышлы күнлеринде хызмет етпекте. Биз дөретиўшилик жәмәәтимиз бенен бирге оның гүл дүканында болып жақыннан таныстық.
– Районымызда гүл дүкан жоқлығы, кѳпшилик жағдайда гүлди Нѳкистен алдыратуғынлығымыз себепли гүл дүканын ашыўды нийет етип жүр едим. Услайынша азлы-кем қәрежет топлап, тәўекелшиликке бел байлап өткен жылдың ноябрь айында усы жерди ижараға алып, ѳз бизнесимди басладым. Өзим кишкенелигимнен гүллерге меҳир қойғанман. Оларды тәрбиялап, ўақтында азықлық затларын, суўларын берип өсиретуғын едим. Гүллерди тийкарынан Ташкент қаласынан буйыртпа тийкарында аз-аздан тез-тезден алдыртамыз. Себеби, гүллердиң айырымлары салқынды жақсы көретуғын болса, айырымлары жыллыны жақсы көреди, айырымлары болса ыссыда тез солып қалады. Суӯыққа да, ыссыға да ең шыдамлы гүл «гвоздика гүли» болып есапланады.
Ҳәзир дүканыма ақ, қызыл роза гүл, «астрамения», «хризантема», «мелкий», «гвоздика», «фиона» ҳәм лала гүл сыяқлы гүллерден әкелип қойыппыз. Ҳәмме гүллердиң суўын тез-тезден өзгертип ўақтында қосымша азықлық затларын берип турамыз. Бүгинги күнде жәрдемшим Турсынай Әжиниязова менен бирге ислеп атырмыз. Гүллерге қосымша ретинде сувенирлер, жанатуғын гүбелек гүллер ҳәм шоколад гүллерди буйыртпа есабында ислеп берип атырмыз. Сондай-ақ, дүканымызды кеңейтиў нийетим бар. Гүллердиң түрин де көбейтип, және де филиалларын ашып, бос жумыс орынларын жаратып, халыққа хызмет етиўди нийет еткенмен -дейди жеке исбилермен Азима Элбрусова биз бенен болған сәўбетинде.
Биз де ѳз гезегинде, ѳз бизнесин кеңейтиўди нийет еткен исбилермен ҳаял Азима Элбрусоваға табыслар тилеп, елимизде усындай исбилерменлер қатары еле де кѳбейе бериўин тилеймиз.