Усы жыл Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының қырық тоғызыншы ҳәм елиўинши жалпы мәжилислери болып өтти.
Болып өткен мәжлисте мақулланған Нызамлар ҳәм кɵрип шығылған басқа мәселелер бойынша халық арасында үгит-нәсият жумысларын алып барыў, Сенат ҳәм оның комитетлери қарарларында белгиленген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде орынларда ушырасыўлар ɵткериў белгиленген.
Усы тапсырмалардан келип шығып бүгин Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты Арал бойы аймағын раӯажландыриӯ мәселелери ҳәм экология комитети баслығының орынбасары Б.Матмуратов Шымбай районында болып дәслеп Мәденият бөлиминиң «Тағ-жап» аймағында жайласқан Мәденият орайының ашылыӯ мәресимине қатнасты ҳәм бул жердеги нураныйлер ҳәм жаслар менен сәӯбетлесип аӯылдағы жаңа турмыс шәраяты менен танысты.
Мағлыӯмат орынында айтып өтемиз Шымбай районы Мәденият бөлимине қараслы «Тағ-жап» АПЖ аймағында жайласқан Мәденият орайының ири оңлаў жумыслары ушын «Пуқаралардыӊ белсендилик қоры» есабынан 1 млрд 200 млн сўм қаржы ажыратылды.
Енди Тағжаптағы жаслар бос ӯақытларын усы барлық шәраятларға ийе болған жаңа имаратта өткереди.