Енди жаслардың халықаралық IT-сертификатларды алыў қәрежетлери қаплап бериледи

Енди жаслардың халықаралық IT-сертификатларды алыў қәрежетлери қаплап бериледи

21.02.2024 09:55:05 275 Баспаға шығарыў

Ҳүкимет қарары менен «Жаслардың халықаралық IT-сертификатларды алыў қәрежетлерин қаплап бериў бойынша мәмлекетлик хызметин көрсетиўдиң административлик регламенти» тастыйықланды.

Арза бериўшиниң халықаралық IT-сертификатларды алыў қәрежетлериниң 60 пайызына шекемги болған бөлегин қаплап бериўде инглис тилин билиў дәрежесин белгилеўши сертификат талап етилмейди.

Халықаралық IT-сертификатлар басланғыш дәрежеде болғанда 30 пайыз, орта дәрежеде болғанда 40 пайыз ҳәмде профессионал дәрежеде болғанда 60 пайыз муғдарында жумсалған қәрежетлер қаплап бериледи.

Инглис тили бойынша B2 ҳәм оннан жоқары дәрежеде ҳәмде профессионал дәрежедеги халықаралық IT- сертификатқа ийе болған жаслардың халықаралық IT-сертификатты алыў қәрежетлери толық қаплап бериледи.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content