Бүгин район ҳәкимлигинде ѳткерилген мәжилисте медицина тараўында алып барылып атырған жумыслар сын көз қараста қаралды

Бүгин район ҳәкимлигинде ѳткерилген мәжилисте медицина тараўында алып барылып атырған жумыслар сын көз қараста қаралды

16.02.2024 18:24:59 311 Баспаға шығарыў

Район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында төрт сектор баслықлары қатнасыӯында әҳмийетли илаж болып өтти. Илажға районлық медицина бирлеспесиниң шыпакерлери ҳәм тараӯда жуӯапкерли қәнигелер қатнасты. Мәжилисти район ҳәкими А.Тажетдинов басқарып барды.

Өткерилген мәжилис даўамында тараў хызметкерлери тәрепинен исленип атырған жумыслары бойынша есабатлары ҳәм алдағы ислениўи тийис болған режелери тыңланды. Сондай-ақ мәжилисте халықтың саламатлығы дǝрежесин арттырыў, аналар ҳəм балалар саламатлығын беккемлеў илажларын күшейтиў, шыпакерлер менен тәмийинлениў дәрежесин асырыў, жеке меншик медицина мəкемелери раўажланыўын ҳәм бюджет қаржыларының мақсетли жумсалыўын тәмийинлеў, денсаўлықты сақлаў тараўын санластырыў мәселелери де қарап шығылды.

Мәжилис даўамында өз ўазыйпасын орынлаўда немқурайлылық пенен қараған ҳәм қәте-кемшиликлерге жол қойған тараў басшыларына  ескертиӯлер берилди.

 

Пайдалы ресурслар