Арал теңизиниң қурыған ултанын жасыл аймаққа айландырыў бойынша жумыслар басланды

Арал теңизиниң қурыған ултанын жасыл аймаққа айландырыў бойынша жумыслар басланды

15.02.2024 09:30:15 204 Баспаға шығарыў

Ҳүрметли Президентимиздиң 2018-жыл 15-16-ноябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасына болған сапарында Арал теңизиниң қурыған майданларында «Жасыл қапламалар» – қорғаў тоғайларын пайда етиў, аймақтағы экологиялық жағдайды жақсылаў, зыянлы дуз ҳәм шаңлардың Арал теңизиниң ултанынан көтерилиўиниң алдын алыў мақсетинде бир қатар тапсырмалар белгилеп берилген болып, усы тийкарда әмелий жумыслар баслап жиберилди.

Басланған жумысларда ҳәр жылы Республика ўалаятларынан келген көмекшилер, Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети, Абаданластырыў басқармалары ҳәм жергиликли пуқаралар қатнасып, яғный, 2018-2023-жыллар даўамында көплеген майданларға шөл өсимликлери егилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында 2024-жылғы сексеўил егиў мапазы баслап жиберилди.

Онда үш әўлад ўәкиллери ҳәм депутатлар қатнасып, ең баслысы жаслар елимиздиң экологиясын жақсылаў жолында өзлериниң салмақлы үлесин қосты.

Илаждың ашылыў мәресиминде республикамыз басшысы шығып сөйлеп, барлық мийнеткешлерге машақатлы, соның менен бирге мақтанышлы жумысларында табыслар тиледи.

Сондай-ақ, илажда Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети, жол хожалығы ҳәм Айрықша жағдайлар басқармасы хызметкерлери егис мапазын шөлкемлестириў жумысларында көрсеткен белсендилиги ҳәмде елимиз абаданлығы жолындағы хызметлери ушын медальлар ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Арал теңизиниң қурыған ултанында «жасыл қапламалар» пайда етиў мақсетинде туқымларды жыйнаў ҳәм қорғаў тоғайлықларын пайда етиў жумысларына ҳәр жылы мыңнан аслам машина-механизмлер, киши авиация ҳәм исши күши қатнасып келмекте.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content