Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Абат шаңарақ”, “Абат көше” ҳәм “Абат мәҳәлле” критерияларын еңгизиў бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының 2023-жыл 7-сентябрь күнги 03-РА 1-1-1329-санлы хатына тийкар орынларда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты М.Зарикеев, районлық Кеңес секретариаты Н.Бердимуратов
ҳәм Өзбекстан Экоголиялық партиясы районлық Кеңеси баслығы А.Тажимов тәрепинен “Пашент таў” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында әмелге асырылып атырған жумыслар үйренилип, аймақтағы жолларға қум аралас щебен төсеў жумысларының барысы сондай-ақ, аўыллық шыпакерлик пунктинде саламатлықты беккемлеўде халыққа көрсетилип атырған медициналық хызметлердиң сапасы менен танысты.