Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң
6-бабында тәреплерди жарастырыў тәртиби белгиленген болып оған көре суд тәреплердиң келисиўи ушын шаралар көретуғынлығы, оларға экономикалық суд ислерин жүритиўдиң бәрше басқышларында даўаны шешиўге көмеклеседи.
Тәреплер даўаны келисиў питимин яки медиатив келисимин дүзип шешиўлери мүмкин.
Келисим питими яки медиатив келисиў даўа тәртибинде ҳар қандай ис бойынша дүзилиўи мүмкин.
Келисим питими экономикалық суд ислерин жүритиўдиң ҳәр қандай басқышында ҳәм суд ҳүжжетин орынлаў ўақтында, медиатив келисим болса биринши инстанция судында суд айрықша ханаға (мәсләхатханаға) суд ҳүжжетин қабыл етиў ушын шыққанға шекем тәреплер тәрепинен дүзилиўи мүмкин.
Келисим питими ол суд тәрепинен тастыйықланғаннан кейин дүзилген есапланады.
Шымбай районлар аралық
Экономикалық судының баслығы З.Бердимуратов