Исбилерменлик искерлиги (Исбилерменлик) – Исбилерменлик искерлиги субъектлери тәрепинен нызамшылыққа муўапық әмелге асырылатуғын, ѳзи таўеккел етип ҳәм ѳз мүлкий жуўапкершилиги тийкарында дәрамат (пайда) алыўға қаратылған белсенди искерлиги есапланады.
Бүгинги күнде Республикамызда исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, исбилерменликти раўажландырыў ушын қолай шәрт-шараятлар жаратыў бойынша кѳплеген ислер әмелге асырылмақта.
Исбилерменлик искерлигиниң Мәмлекет тәрепинен қорғалыў кепиллигиниң бир дереги сыпатында Ѳзбекстан Республикасының Конституциясын келтириўимиз мүмкин.
Себеби, Конституцияның 67-статьясында, мәмлекет қолайлы инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын тәмийинлейтуғынлығы, Ибилерменлер нызамшылыққа муўапық ҳәр қандай искерликти әмелге асырыўға ҳәм оның бағдарларын ғәрезсиз түрде таңлаўға ҳақылы екенлиги, Ѳзбекстан Республикасы аймағында экономикалық кеңислик бирлиги, товарлар, хызметлер, мийнет ресурслары ҳәм финанслық қәрежетлердиң еркин ҳәрекетлениўи кепилленгенлиги, Монополиялық искерлик нызам менен тәртипке салынатуғынлығы ҳәм шекленетуғынлығы белгиленген.
Исбилерменлик искерлигиниң Мәмлекет тәрепинен қорғалыў кепиллигиниң және бир дереги сыпатында Ѳзбекстан Республикасының «Исбилерменлик искерлиги еркинлигиниң кепилликлери туўрысында»ғы Нызамды келтириўимиз мүмкин.
Себеби, бул Нызамның тийкарғы ўазыйпалары пуқаралардың исбилерменлик искерлигинде еркин қатнасыўы ҳәм оннан мәпдар болыўы ушын кепилликлер ҳәмде шараятлар жаратыўдан, олардың исшеңлигин асырыўдан, сондай-ақ исбилерменлик искерлиги субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўдан ибарат.
Соның менен бирге, экономикалық судларына даўа арза (арза) менен мүрәжат етиўде исбилерменлерге жаратылған жеңиллик ҳаққында айтып ѳтиў лазым.
Яғный, Ѳзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамы менен киши исбилерменлик субъектлери тәрепинен экономикалық судларға даўа арза (арза) менен мүрәжат еткенде тѳлениўи лазым болган мәмлекетлик бажы муғдарының 50 пайызын тѳлейтуғынлығы белгиленген.
Сондай-ақ, Ѳзбекстан Республикасы саўда-санаат Палатасы ҳәм оның аймақлық басқармалары, прокуратура органлары, әдиллик органлары, Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси, Ѳзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкиллерге исбилерменлик субъектлериниң мәпин қорғап экономикалық судларға киритилген даўа арзалар бойынша алдын-ала мәмлекетлик бажы тѳленбестен киритиў ҳуқықы берилген.
Экономикалық судларда ис жүритиўде жаратылған қолайлықлар ҳақкында айтып ѳтетуғын болсақ, олардан бири бул экономикалық судларға даўа арза (арза) менен электрон мәлимлеме системасы арқалы электрон формада мүражат етиў тәртиби еңгизилген. Бунда, даўагер ѳз үйинде яки жумыс орнынан шықпаған ҳалда электрон мәлимлеме системасы арқалы электрон формада туўрыдан-туўры тийисли судқа даўа арзасын жоллаў мүмкиншилиги жаратылды.
Соның менен бирге, экономикалық судлар тәрепинен исте қатнасыўшы шахсларды суд мәжилисиниң ѳткерилетуғын ўақтын ҳәм орны ҳаққында СМС хабарландырыў арқалы хабардар етиў мүмкиншилиги жаратылды.
Буннан тысқары, судларда, исте қатнасыўшы шахсларға суд мәжилисинде видеоконференц байланыс режими аркалы суд мәжилислеринде қатнасыў мүмкиншилиги жаратылды. Бул дегени исте қатнасыўшы шахслар басқа алыс аймақларда жайласқан судларда ѳткерилетуғын суд мәжилисинде ѳз аймақларынан шықпаған ҳалда видеоконференц байланыс арқалы қатнасыўға ҳақылы. Ол ѳз нәўбетинде шахслардың ўақты ҳәмде артықша қәрежетлериниң тежелиўине алып келеди.
Жуўмақлап айтқанда, Исбилерменлик искерлигининг мүлкий тийкарлары, Исбилерменлик искерлиги еркинлигиниң конституциялық кепилликлери, мәмлекетлик органлар ҳәм басқа органлардиң қарарлары, олардың лаўазымлы шахсларының хәрекетлери (хәрекетсизлиги) үстинен шағым қылыў мүмкинлиги, Исбилерменлик искерлиги еркинлигиниң кепилликлери туўрысындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлық ушын жуўапкершиликтиң белгиленгенлиги Мәмлекетимизде исбилерменлик искерлиги еркинлиги нызам менен кепилленгенлигин аңлатады.
Шымбай районлар аралық
экономикалық суды
судьяси: Н.Балтабаева