Шымбай районы аймағынан бираз жырақта жайласқан «Пашент таӯ» аӯыл пуқаралар жыйыны аймағында бүгинги күнде халық саны 3195 ти , хожалық саны болса 426 ны қурап аймақ турғынлары аӯызбиршиликли түрде жасап келмекте. Биз бийкарға бүгин аӯызбиришик ҳаққында айтып өтпедик. Себеби, бул жерде жети жастан, баслап жетпис жасқа шекемги инсанлар аӯыл шараятында мийнет етип жасап келмекте. Ал оларды қыйнап киятырған машқалалар өз шешимин таӯып ҳәр бир көшеде бир қанша жумыслар әмелге асырылады.