Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Халыктың бәнтлигин тәмийнлеỹ барысында оларды қоллап- қуỹатлаỹ, киши бизнес, жеке исбилерменликти раўажландырыўда ҳәмде жаңа жумыс орынларын жаратыỹда кеңнен имканиятлар жаратып берилмекте.
Шымбай районы ҳәкимлиги, Мажбурий Ижро бироси ҳәм Камбағаллықты қысқартыỹ ҳәм бантликке көмеклесиỹ бөлими менен биргеликте 2024-жыл 25-январь күни “Шахтемир” МПЖ аймағында жайласқан Жаслар орайы имаратында гезектеги бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилип өткерилди.
Бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасына район аймағындағы 70 мекеме, кәрханалар ҳәм исбилерменлик субектлерден жәми 132 бос жумыс орынлары қойылды.
Ярмарка нәтийжеси менен 22 пуқара турақлы жумыс орынларына (жаслар 10 ҳаяллар 12), Кәсипке қайта таярлаỹ курсларына 9 пуқара (жәрдемши тарбияшы, тигиỹшилик, компьютер операторы) жөнелислерине оқыỹға бөлим тәрепинен жолламалар берилди.