Аймақларда мәҳәллелерде исленип атырған жумыслардың жағдайын үйрениў ҳәм шѳлкемлестирилген ис-илажларға кѳмеклесиў бойынша Республика исши топарының Шымбай районына бириктирилген ўәкиллери тәрепинен унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, аймақларда мәҳәллелерде исленип атырған жумыслардың жағдайын үйрениў ҳәм кѳмеклесиў бойынша Республика исши топарының Шымбай районына бириктирилген ўәкиллери Өзбекстан Респуликасы Жаслар ислери агентлиги директоры орынбасары Н.Шодиев, Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы П.Махсетбаев, ИИМ Аймақлық муўапықластырыў орайы баслығының орынбасары М.Утегеновлар “Бердақ” мәкан пуқаралар жыйынында болып аймақ турғынлары менен ушырасты.
Сондай-ақ аймақтағы имканияты шекленген пукаралардың жағдайларынан хабар алынып майыплар арбашасы ҳәм азық-аӯқат өнемилерин тапсырылды.