Қарақалпақстан делегациясы Өзбекстан-Қытай аймақлараралық форумында қатнаспақта
Қытай Халық Республикасы Шинжон-Уйғур автоном раёны, Урумчи қаласында ҳәзирги ўақытта Өзбекстан-Қытай аймақлараралық форумы болып өтпекте.
Президентимиздиң тапсырмасы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев делегация ағзалары менен биргеликте исбилерменлер форумында қатнаспақта.
Сондай-ақ, Қытай Халық Республикасындағы әмелий сапар даўамында Қарақалпақстан делегациясы «Исбилерменлер бирге ислесиўин кеңейтиў ҳәм улыўмалық абаданлықты әмелге асырыў» ураны астында конференцияда да қатнаспақта.
Өткерилген форум шеңберинде Қытайдың жетекши компаниялары басшылары менен ушырасыўлар өткериў ҳәм биргеликте ислесиў бойынша перспективалы жойбарларды ислеп шығыў, Қарақалпақстанда Қытай компанияларының ислеп шығарыў кәрханалары ҳәм заводларын иске түсириў бойынша келисимлерге ерисиў режелестирилген.