Халық депутатлары Шымбай районлық кенесиниң 2024-жыл 18 – январь күнги қарары менен 2024-жыл ушын юридикалық ҳәмде физикалық тәреплердиң жер салықларына белгиленген салық ставкалары тастыйықланды

Халық депутатлары Шымбай районлық кенесиниң 2024-жыл 18 – январь күнги қарары менен 2024-жыл ушын юридикалық ҳәмде физикалық тәреплердиң жер салықларына белгиленген салық ставкалары тастыйықланды

22.01.2024 09:08:10 338 Баспаға шығарыў

Шымбай районында 2024-жылда юридикалық тәреплерге:

мәкан пуқаралар жыйынларында 1 гектар жер майдан ушын 25 550 000 сўм, аўыл пуқаралар жыйынларында 1 гектар жер майданы ушын 22 995 000 сўм болып белгиленди.

Физикалық тәреплерге:

мәкан пуқаралар жыйынларында 1 кв.метр ушын 204,96 сўм етип белгиленди.

Бунда, қала ишинде 6 соток жер майданы ушын 122 976 сўм есапланады.

600 кв.м х 204,96 = 122 976 сўм

Аўыл пуқаралар жыйынларында 1 кв.метр ушын 185,44 сўм етип белгиленди.

Бунда, аўыллық жерлерде 6 соток жер майданы ушын 111 264 сўм есапланады.

600 кв.м х 185,44 = 111 264 сўм.

Сондайақ, жер участкаларынан ҳүжжетлерсиз ямаса жер участкасына болған ҳуқуқты тастыйықлаўшы ҳүжжетлерде көрсетилгенинен көп көлемде пайдаланылған жер майданларына Өзбекстан Республикасы салық кодексинин
437-статиясына тийкар салық ставкасы белгиленген салық ставкаларынын үш есеси муғдарында белгиленеди.

Мысал ушын: жәми ийеленген жер майдан 10 соток соннан 6 соток нызамлы ийеленген жер майдан ушын (600 кв.м)х204,9=122 976 сўм, қалған 4 соток нызамсыз ийеленген жер майды ушын 400х204,9х3=245 952 сўм есапланады. Жер салығы жәми 122 976+245 952=368 928 сўм есапланады.

Физикалық тәреплердиң жер салығынан төмендеги жағдайларда жеӊилликлер белгиленген:

1) «Өзбекстан Қаҳраманы», Совет дәўириндеги Қаҳраманы, Мийнет Қаҳраманы сыйлықларына ийе болған, үш дәрежедеги Шуҳрат ордени менен сыйлықланған пуқаралар. Усы жеӊиллик «Өзбекстан Қаҳраманы» сыйлығы берилгенлиги туўрысындағы гуўалық, Совет даўири Қаҳраманы ҳәм Мийнет Қаҳраманы дәптершелери, орден дәптершеси ямаса аскерий ислер бөлиминиӊ мағлыўматнамасы тийкарында бериледи;

2) Урыс нагиранлары ҳәм қатнасыўшылары, сондай-ақ нызам менен белгиленетуғын оларға теӊлестирилген шахслар.

Усы жеӊиллик тийисли гуўалығы ямаса ўәкилликке ийе органныӊ мағлыўматнамасы тийкарында бериледи;

3) I ҳәм II топар майыплығы болған шахслар. Усы жеӊиллик пенсия гуўалығы тийкарында бериледи;

4) Жалғыз пенсионерлер.

Усы жеӊиллик пенсия гуўалығы ямаса Өзбекстан Республикасы Финанс министирлиги жанындағы бюджетден тысқары Пенсия қоры район (қала) бөлиминиӊ мағлыўматнамасы, сондай-ақ пуқаралар өзин-өзи басқарыў органларыныӊ мағлыўматнамасы тийкарында бериледи;

5) Бағыўшысын жойтқан көп балалы шаӊарақлар. Ата ҳәм анадан бири ямаса ата-анасы қайтыс болған көп балалы шаӊарақлар салық салыў мақсетинде бағыўшысын жойтқан көп балалы шаӊарақлар. Усы жеӊиллик Өзбекстан Республикасы Финанс министирлиги жанындағы бюджетден тысқары Пенсия қоры район (қала) бөлиминиӊ мағлыўматнамасы тийкарында бериледи;

6) Чернобиль АЭСдаги авария ақыбетлерин жуўмақлаўда қатнасқанлығы ушын жеӊилликлер алатуғын пуқаралар (сондай-ақ уақтынша жиберилген ямаса хызмет сапарына жиберилген) пуқаралар.

Усы жеӊиллик медетцина эксперт комиссиясыныӊ мағлыўматнамасы, майыплығы болған пуқараныӊ арнаўлы гуўалығы ҳәмде ўакилликке ийе органлар тәрепинен берилген ҳүжжетлер тийкарында бериледи;

7) Энергия ресурсларыныӊ әмелдеги тармақларынан толық үзип қойылған турар жайларда қайта тикленетуғын энергия дереклеринен пайдаланыўшы шахслар, бунда қайта тикленетуғын энергия дереклери орнатылған айдан баслап үш жыл мүддетге қолланылады.

Усы жеӊиллик энергия ресурсларыныӊ әмелдеги тармақларынан толық үзип қойылған ҳалда қайта тикленетуғын энергия дереклеринен пайдаланыў туўрысында энергия тәминаты шөлкемлери тәрепинен берилген мағлыўматнама тийкарында бериледи.

Жоқарыда көрсетилген салық жеңилликлери жеке тәртиптеги үй-жай қурылысы, дийқан хожалығын жүритиў ушын берилген жер участкаларына болған ҳуқуқларды мәмлекетлик дизимнен өткериўди әмелге асырыўшы органда дизимнен өткерген жеке пухараларға бериледи.

Сондай-ақ, усы салық жеӊилликлери салық төлеўшиниӊ таӊлаўы бойынша тек ғана бир жер участкасына қолланылады.

 

Ҳүрметли салық төлеўшилер! салық тараўында усыныс ҳәмде баска мәселелериңиз болса Шымбай районлық салық испекциясыныӊ 24-саат даўамында ислеп турған 61 444 11 18 телефон номери коӊыраў етсеӊиз болады.

 

Шымбай районы салық инспекциясы.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content