Алдын хабар бергенимиздей Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы шөлкемлестириўинде Республикалық 4 сектор, министрлик хәм шөлкемлер жуўапкерлери қатнасыўында орынларда көшпели қабыллаўлар болып өтпекте.Бугин 18-ноябрь күни Шымбай районындағы 8-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде көшпели қабыллаў хәм район жаслары менен ушырасыў шөлкемлестирилди.Дәслеп жаслардың пикир усыныслары қыйнап атырған машқалалары тыңланып, мәселелерди шешиў бойынша тийисли тапсырмалар берилди. Көшпели қабыллаўда физикалық ҳәм юридикалық шахслардан жәми 43 мәселе келип түсип, 11 мүрәжат орнында унамлы шешилип, 14 мүрәжат ийесине ҳуқықый түсиник берилиди. Сондай-ақ, 18 мүрәжат бойынша тийисли мәкеме басшыларына тапсырмалар берилип, Президент Халық қабыллаўханасы тәрепинен қадағалаўға алынды. Көшпели қабыллаўда мүрәжатлердиң басым көпшилиги бәнтлик, исбилерменлигин раўажландырыў ушын кредит алыў, жол қурылыс мәселелери бойынша болды.