Алдын хабар бергенимиздей бүгин Шымбай районы ҳәкимлиги имаратында исбилерменлер ушын көшпели қабыллаўы болып өтти.
Қабыллаўда исбилерменлер тәрепинен тийкарынан өз исбилерменлигин раўажландырыў бағдарында ушырасып атырған машқалалар, қаржыландырыў ҳәм кредит ажыратыў мәселелери, кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў, жер орынларын ажыратыў, ислеп шығарыў, өндиристи кеңейтиў бағдарында мүрәжатлар билдирилип, район ҳәкими А.Тажетдинов ҳәм сектор баслықлары тәрепинен барлық машқалалар тыңланды.
Билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилигине орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Буннан тысқары, ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар район ҳәкиминиң жеке қадағалаўына алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.