Ҳәр бир бала меҳир ҳәм итибардан шетте қалмайды.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 17-январь күнги «Жетим балалар ҳәм ата-ана қармағынан айрылған балаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылған «Меҳир дәптери» системасын жаратыў ис-илажлары ҳаққында»ғы 26-санлы Қарарына муўапық, усы жылдыӊ 11-январь күни «Меҳир дәптери»не киритилген 19 жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айрылған балалардың мүтәжлик ҳәм қызығыўшылығын инабатқа алып, 38 түрдеги өзлерине керекли болған инвентар(гәз плитасы, телевизор, музлатқыш, наутбок ҳәм басқа)лар ҳәм хожалық буйымлары алып берилди.
Илажда Шымбай районы ҳәкими ҳәм сектор баслықлары, «Инсан» социаллық хызметлер орайы ҳәм де тийисли мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлер басшылары катнасты.