Бүгин мәмлекетлик байрағымыз кабыл етилгенлигине 29 жыл толды.Сәне мүнәсибети менен Шымбай районындағы 36-санлы мектепте “Байрағым-мақтанышым!” атамасында байрам илажы болып өтти.
Илажда Район ҳәкимлиги, районлық Руўхыйлық ҳәм ағартыў бөлими ҳәмде районлық “Ватанпарвар” шөлкеминин тийисли ўәкиллери сөзге шығып, мәмлекетлик байрағымыздың қабыл етилиўи тарийхы ҳәм оның ғәрезсизлигимизди және де беккемлеўде тутқан орны ҳәм әҳмийети ҳаққында кен түрде тоқтатылып, жыйналғанларды байрам менен қутлықлап өтти.
Илаж оқыўшы жаслар атқарыўындағы ана ўатанды ҳәм байрағымызды мақтаныш ететуғын косық қатарлары, саҳналық көринислер ҳәм концерт бағдарламасы менен даўам етти.