Жоқарғы Кеңес Баслығы Қытай мәмлекетинен келген инвесторлар менен ушырасты

Жоқарғы Кеңес Баслығы Қытай мәмлекетинен келген инвесторлар менен ушырасты

25.12.2023 10:08:34 175 Баспаға шығарыў

Қытай Халық Республикасы елшисиниң усынысы менен Қытайдың Фуцзянь провинциясының «Sichuan Metallurgical Control Group Co., Ltd.» компаниясы ўәкиллери Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың қабыллаўында болды.

Ушырасыўда «Sichuan Metallurgical Control Group Co., Ltd.» компаниясы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасына дәслепки басқышта 35 миллион АҚШ доллары муғдарында инвестиция киргизиў арқалы алтын ҳәм мысты қайта ислеў, таяр өнимлер ислеп шығарыўға шекемги мыс кластерин шөлкемлестириў жойбарын әмелге асырыў бойынша мәселелер талқыланды.

Пайдалы ресурслар
Skip to content