Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 26-июнь күнги қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, райондағы бир қатар үй алды қыйтақ жер ийелери, фермер хожалықлары «Илғор фермер», «Наьмунали томорқачи», «Мехнаткаш дехқон» көкирек нышанлары менен сыйлықланды.
Сыйлық ийелерин район ҳәкими А. Тажетдинов ҳәм басқада сектор баслықлары қатнасып жақынласып қалған жаңа жыл байрамы менен қутлықлап, көкирек нышанларын салтанатлы жағдайда тапсырды.