Шымбай районы ҳәкимлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы менен биргеликте 2023-2024-жыл гүз-қыс мәўсиминде жүзеге келиўи мүмкин болған айрықша жағдайлардың алдың алыў бойынша район аймағында шөлкемлестирилген арнаўлы штаб ағзалары ҳәм тийисли тараў ўәкиллери менен ушырасыў болып өтпекте.
Бунда тийкарынан гүз-қыс мәўсимин шығынсыз өткериў, халықты үзликсиз электр энергиясы, тәбийий газ, ишимлик суўы ҳәм көмир менен тәмийинлеў, авариялық жағдайларды оператив түрде сапластырыў ҳәм социаллық объектлерде халық ушын қолайлы шараятларды жаратыў ҳәм де пуқаралардың ийис газинен зәҳәрлениўиниң алдын алыў мәселелери көрип шығылды.
Буннан соң район аймағындағы мәҳәллелерде гүз-қыс мәўсимине таярлық жумысларын көзден өткериў ҳәм бойынша штаб ағзаларына бир қатар тапсырмалар белгилеп берилди.