Жоқарғы Кеңес Баслығы Қытайдың ири энергетика корпорациясы ўәкиллери менен ушырасты

Жоқарғы Кеңес Баслығы Қытайдың ири энергетика корпорациясы ўәкиллери менен ушырасты

19.12.2023 10:05:04 162 Баспаға шығарыў

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қуяш ҳәм самал электр станцияларын қурыў ҳәм энергия генераторларын ислеп шығарыў менен шуғылланыўшы «State Power Investment Corporation Limited» мәмлекетлик энергетикалық корпорациясының бас директоры Лу Синьжун басшылығындағы делегация ағзалары менен ушырасты.

Ушырасыўда «State Power Investment Corporation Limited» мәмлекетлик энергетикалық корпорациясы тәрепинен республикамыз аймағында қуяш ҳәм самал электр станцияларын, сондай-ақ, генераторларын қурыў, бул бағдарда бар болған мүмкиншиликлерден нәтийжели пайдаланыў, Қарақалпақстанның қуяшлы тәбияты ҳәм самал турақлы есип туратуғын аймақлары потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, энергия ислеп шығарыўды кеңейтиў, усы тийкарда жаңа жумыс орынларын жаратыў мәселелери сөз етилди.

Делегация ағзалары әмелге асырылыўы режелестирилип атырған жумыслар бойынша өзлериниң жойбарлары менен бөлисти.

Онда сондай-ақ, бирге ислесиўди еле де беккемлеў ҳәм кеңейтиў илажлары, жергиликли пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелери ҳаққында кең түрде пикирлесилди.

Соның менен бирге, бүгинги күнде республикамыз аймағында самал электр станцияларын қурыў бойынша жумыслар баслап жиберилгенлиги, ҳәзирги ўақытта әмелий илажлар даўам еттирилип атырғанлығы да атап өтилди.

Ушырасыў даўамында еки тәреплеме бирге ислесиўди жолға қойыў ҳәм бул бағдардағы илажларды кеңейтиў мәселелери кең түрде талқыланды.

Пайдалы ресурслар
Skip to content