Мәҳәллелерде гүз-қыс мәўсимине таярлық жумысларын еледе нәтийжели алып барыӯ бойынша илаж болып өтти

Мәҳәллелерде гүз-қыс мәўсимине таярлық жумысларын еледе нәтийжели алып барыӯ бойынша илаж болып өтти

17.12.2023 10:54:07 176 Баспаға шығарыў

Бүгин Шымбай  районы ҳәкими А.Тажетдинов басшылығында 2023-2024-жыл гүз-қыс мәўсиминде айрықша жағдайлардың алдың алыў бойынша район аймағында шөлкемлестирилген арнаўлы штаб ағзалары ҳәм тийисли тараў ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти.

Бунда тийкарынан гүз-қыс мәўсимин шығынсыз өткериў,  халықты үзликсиз электр энергиясы,  тәбийий газ,  ишимлик суўы ҳәм көмир менен тәмийинлеў, көп қабатлы турақ-жайлардағы авариялық жағдайларды оператив түрде сапластырыў ҳәм социаллық объектлерде халық ушын қолайлы шараятларды жаратыў ҳәм де пуқаралардың ийис газинен зәҳәрлениўиниң алдын алыў мәселелери көрип шығылды.

Буннан соң район аймағындағы мәҳәллелерде гүз-қыс мәўсимине таярлық жумысларын көзден өткериў ҳәм бойынша штаб ағзаларына бир қатар тапсырмалар белгилеп берилди.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content