Бүгин Қытай – Өзбекстан соның ишинде Қарақалпақстан экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў форумы болып өтти.
Онда дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы шығып сөйлеп, ҳүрметли Президентимиздиң Қытай Халық Республикасына болған әмелий сапарының халқымыз абаданлығын тәмийинлеў жолындағы әҳмийети, еки мәмлекет арасындағы өз-ара байланысларды беккемлеў мәселелери, Қытай-Өзбекстан соның ишинде Қарақалпақстан байланысларын жаңа басқышларға алып шығыў, Президентимиз жаратып берген имканиятлар тийкарында жаңа инвестициялық жойбарлардың иске түсирилиўин тәмийинлеў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелерге кең түрде тоқталды. Алдағы ўақытта әлбетте, биргеликтеги жойбарлар саны артып, жаңа жумыс орынларын жаратыў арқалы халқымыздың абаданлығын тәмийинлеў илажлары көрилетуғынлығы айрықша тилге алынды.
Сондай-ақ, Қытай елшиси де еки күн даўамындағы Қарақалпақстанға болған сапарында үлкен тәсирлерге ийе болғанлығын, аймақта биргеликте көплеген жаңа исбилерменлик жойбарларының иске түсирилиўи оғада перспективалы екенлигин, ең баслысы, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлардың Қарақалпақстанда инвестициялық тартымлылықты арттырыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыўға беккем тийкар болатуғынлығын оғада қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Бизнес-форумда Қытай мәмлекетинен келген исбилерменлерден ибарат делегация ағзалары өзлериниң жаңа жойбарлары менен қатнасты.
Кең қамтыўлы форматта өткен форумда жергиликли исбилерменлер де қатнасып, онда қытайлы инвестор ҳәм исбилерменлердиң презентациялары, компанияларының санаат, энергетика, аўыл хожалығы, ислеп шығарыў, қайта ислеў ҳәм басқа да жөнелислер бойынша жумыс алып барыў бағдарлары ҳәм перспективалы жойбарлары жыйналғанлар нәзерине усынылды.