Шымбай районында Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Бюджеттен тысқары Пенсия қоры Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Шымбай районы ҳәкимлиги менен биргеликте семинар шөлкемлестирилди.
Семинарда районлық Камбағаллыкты кыскартырыў бөлими, Кадастр бөлими мәҳәлле баслыкларына θзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 10-ноябрь күнги “Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри” мәлимлеме системасы арқалы кем тәмийинленген шаңарақларды анықлаў ҳәм оларға социаллық напақалар тайынлаў бойынша электрон тәризде арза бериўди енгизиў ис-илажлары ҳаққында”ғы қарарының мазмун әҳмийети түсиндирилди.