Ҳәр қандай демократиялық жәмийетте нызам үстинлигин тәмийинлеўде тийкарғы ўазыйпасы – инсанлар ҳуқықларын қәнигели тәризде қорғаў саналатуғын адвокатлар әҳмийетли орын ийелейди. Өткен дәўир ишинде усы тараў ийелериниң толық искерлик жүритиўи ушын жетерли ҳуқықый тийкарлар жаратылмақта. Жаңа редакциядағы Конституциямыздан баслап қатар нызам асты ҳүжжетлерине шекем барлығында адвокатураның ролин күшейтиўге қаратылған нормалар жәмленген.
Мәселен усы жылдың 10 август күни «Адвокатура ҳаққында»ғы Нызамға киритилген өзгериске көре лицензия алыў ушын имтихан тапсырыўға талабан шахстың юридикалық қәнийгелик бойынша еки жыллық стажға ийе болыўы ҳаққындағы талап бийкар етилди.
Ҳәзирги күнде Өзбекстан Республикасы бойынша 5 мыңға жақын адвокатлар искерлик алып бармақта, бул болса орташа 7600 адамға 1 адвокатттан туўры келетуғынлығын аңлатады. Әлбетте бул жетерли көрсеткиш емес, сонлықтан адвокатура системасындағы реформаларды және де жеделлестириў ҳәмде кадрлар жетиспеўшилигин сапластырыў бүгинги күнниң әҳмийетли мәселелеринен бири.
Жаңаланған Конституциямызда Адвокатура бойынша айрықша бап киритилгенлиги усы тараўдың ҳуқықый статусын жәнеде асырды.
Жаңа редакцияда қабыл етилген Конституциямыздың 24-бабы, яғный 141-142-статьялары тиккелей Адвокатура искерлиги менен байланыслы. Конституциямызда айтылғанындай ҳәр кимге қәнигели юридикалық жәрдем алыў ҳуқықы кепилленеди. Физикалық ҳәм юридикалық шахсларға қәнигели юридикалық жәрдем көрсетиў ушын адвокатура жумыс алып барады деп белгилеп өтилген.
Кейинги ўақытларда адвокатларға берилип атырған итибар менен адвокатура институтының раўажланып атырғанын көриўимиз мүмкин. Алдын жоқары оқыў орынларын тамамлаған юристлер дәслеп прокуратура органларында, судларда яки басқа органларда жумысқа кирип өз искерлигин баслаған болса, ҳәзирги ўақытта болса жоқары оқыў орынын тамамлаған ҳәм усы тараўға қызығып келген жас адвокатларды суд процесслеринде көриўимизге болады.
Адвокатура суд-ҳуқық системасында пуқаралардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаўда әҳмийетли орын тутып атырғанлығының тиккелей гүўасы болып атырмыз. Жетерли қәнигелик ҳәм тәжрийбеге ийе адвокатлар қатарының көбейип атырғанлығы суд системасында профессионаллық ҳәм тезкарлықтың асыўына хызмет қылады. Буны экономикалық судлар искерлигинде де көриўимизге болады.
Исте қатнасыўшы тәреплер ҳәмме ўақытта да өз ҳуқықларын толық тәризде билдире алмайды, яғный дәлиллерди топлаўда, оларды додалаўда, суд процесси даўамында тәртипке әмел қылыўда қәтеликлерге жол қояды. Әлбетте бул қәтеликлерди сапластырыўда тәреплерге адвокатлар жәрдеми керек болады.
Жуўмақлап айтқанда, жаңа редакцияда қабыл етилген Конституциямызда адвокатураға байланыслы баптың киритилгенлиги адвокатура институтының абыройын көтериўге, оған жас кадрларды тартыўға, халықтың арасында адвокатларға болған исенимди беккемлеўге жәрдем берип, пуқараларымыздың орынларда сыпатлы ҳуқуқый жәрдем алыўларына хызмет қылыў менен бир қатарда, түрли әўерегершиликлердиң алдын алыўға хызмет қылады.
Қарақалпақстан Республикасы суды
баслығы орынбасары, экономикалық ислер
бойынша судлаў коллегиясы баслығы Б. Ктайбеков